Беруний райнында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарындағы жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Беруний районында әмелге асырлып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы еркин экономикалық зона аймағында 3 млн. АҚШ доллары муғдарындағы тиккелей инвестиция өзлестириў арқалы иске түсирилиўи режелестирилген «JINFING SILK ROAD TRADING» ЖШЖ тәрепинен газаблок ислеп шығарыў жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.
.jpg)

Буннан соң, ЕЕЗ аймағында жаңадан шөлкемлестирилип атырған «GLOCONITE MINERAL» ЖШЖ тәрепинен минерал төгин ислеп шығарыў, «BERUNIY AGROSTAR» ЖШЖ тәрепинен гранулаланған аралас жем ислеп шығарыў, «KONIRAT MINERAL» ЖШЖ тәрепинен балықшылық, қусшылық ҳәм шарўа азықлығы ушын қосымшалар ислеп шығарыў жойбарлары жумыслары барысы көзден өткерилди. Сондай-ақ, «Eko Agro kapital» тәрепинен сырт елден алып келинген нәсилли таўықлар тийкарында әмелге асырылған мәйек жетистириў жойбары көрип шығылды. Исбилерменлердиң өз жумысын жолға қойыўы ушын жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында жаңадан қурылған «Шымом» мәҳәллеси ҳәм халыққа турмыслық хызмет көрсетиў орны имаратында жаратылған шараятлар барып көрилди. Аймақ турғынлары менен пикирлесилип, халық ийгилиги жолындағы илажлар буннан-былай да даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди.

.jpg)
«Хорезм» мәҳәллеси аймағында банк балансындағы бос турған имаратта клиника шөлкемлестириў бойынша иске түсирилиўи белгиленген инвестиция жойбары, «ERIZON» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып атырған заманагөй саўда комплексин шөлкемлестириў жойбары, сондай-ақ, «Беруний тумани томорқа хизмати» ЖШЖ тәрепинен ыссыхана шөлкемлестириў жойбары жумыслары да үйренилди.
«Әмир Темур» мәҳәллеси аймағындағы реновация бағдарламасы шеңберинде ескирген 2 қабатлы 7 жай орнына заманагөй көп қабатлы турақ жайларды қурыў жойбары да барып көрилди. Қурылыс жумысларын талап дәрежесинде орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)