Беруний районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Беруний районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдынғы мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп, халықтың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз пуқаралар, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Буннан соң алдынғы мәжилис дәўиринде белгилеп берилген тапсырмалардың бүгинги күнде орынланыўы, мәҳәллелерди абат етиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көз-қараста көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалар жумысларына жақыннан жәрдем бериў ҳәм басқа да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.

Мәжилисде өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлер лаўазымынан азат етилди. Бир топар басшы ҳәм жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.