Хожели районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери келисип алынды
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Өткерилген мажилисте республикалық мәкеме-шөлкем басшылары, район жуўапкерлери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселелер шеңберинде усы жылы районда әмелге асырылыўы белгиленген илажлар, режедеги қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, кәмбағаллықты ҳәм жумыссызлықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, жасларға, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларға, исбилерменлерге жақыннан жәрдем бериў бағдарындағы режелер кең түрде талқыланды.

Онда сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли фонды, Социаллық қорғаў миллий агентлиги жәрдем қаржылары ҳәм жаслар ушын берилген жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў илажларын көриў, мәҳәллелерде микро ҳәм киши жойбарларды әмелге асырыўда жақыннан жәрдем бериў сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында сөз барды.
Мәжилис жуўмағында алдағы режелер белгилеп алынып, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди ҳәм ўазыйпалар бөлистирилди.
.jpg)