Елликқала районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Елликқала районында жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Зарбдор» тәжирийбеси тийкарында Ақшакөл бойындағы туризм рекреацион зонасында әмелге асырылған жумыслар менен жақыннан танысты.

.jpg)
Буннан соң, «Қабатқала» мәҳәллеси аймағында «Бостан Бухгалтерия» ЖШЖ тәрепинен қағазды қайта ислеў арқалы хожалық қағазларын ислеп шығарыў, «ELLIKQAL’A OLTIN TOLASI KLASTERI» ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылып атырған пахтаны қабыл етиў пунктин шөлкемлестириў ҳәм таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў, «MEDI-UM ENERGY STREAM» ЖШЖниң полиетелин трубалар ислеп шығарыў жойбарлары көзден өткерилди. Исбилерменлерге жақыннан жәрдем бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, районлық абаданластырыў басқармасы тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, жийде нәлин жетистириў жойбары ҳәм халыққа көрсетилип атырған пуллы хызметлердиң барысы үйренилди. Қосымша дәрамат табыўға қаратылған жойбарларды көбейтиў керек екенлиги айрықша тилге алынды.

.jpg)
«Наўайы» мәҳәллесиндеги «BO'STON STRAUSI» фермер хожалығы тәрепинен түйеқус бағыў, «Qo‘shqo‘ra» мәҳәллеси аймағындағы «ISLOM NASL CHORVA» ЖШЖ тәрепинен шарўашылық комплексин шөлкемлестириў, «Dumanqala» мәҳәллесиндеги Мадаминов Аллаберганның қыйтақ жеринде шөлкемлестирилген нәл жетистириў жойбарлары көрип шығылды.
Буннан соң, «Наўайы» мәҳәллеси аймағындағы «Boston CHerri» фермер хожалығы жер майданында жаңадан жаратылып атырған ерик бағына «Jasıl mákan» жойбары шеңберинде аўыл ақсақаллары, нураныйлар менен бирге жақсы нийетлер менен мийўе нәллери отырғызылды.


