Тақыятас районы ҳәкими тайынланды
Усы жылдың 4-март күни халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң гезексиз 21-сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда Тақыятас районы ҳәкими лаўазымына Сдиков Исламбек Муратбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
.jpg)
Сессияда Сдиков Исламбек Муратбаевич Тақыятас районы ҳәкими етип тайынланды.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, И.Сдиков мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс ҳәм коммуникациялар мәселелери бойынша секретариат баслығы,
Хожели районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары - экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлиминиң баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.
Ол усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат қурылысы, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келген.
.jpg)
