Жигитлер әскерий хызметке атланды
Бүгин Нөкис қаласының орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын өтеў ушын кетип баратырғаны мүнәсибети менен қутлықлады.

Айтып өтиў орынлы, соңғы жыллары Ҳүрметли Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылмақта.
Усындай көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.

Өткерилген илажда әскерий оркестр намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жасларға ақ жол тиленип, мәртлер қатарына шығарып салынды.


.jpg)