Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары спортшы жаслар менен ушырасты
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов спорттың бокс түри менен шуғылланып атырған жаслар, олардың ата-аналары ҳәм тренерлери менен ушырасыў өткерди.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығы барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
.jpg)
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер халқымыздың, соның ишинде жасларымыздың турмысында үлкен өзгерислер жүз бериўине тийкар болып атырғанлығы айрықша тилге алынды.
Өткерилген ушырасыўда сондай-ақ, спортшы жаслардың, олардың ата-аналары ҳәм тренерлериниң пикир-усыныслары тыңланып, машқалалар белгилеп алынды ҳәм тез пурсатта унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

.jpg)
Илаж даўамында бокс бойынша жоқары нәтийжелер көрсетип атырған жаслардың ата-аналарына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
.jpg)
.jpg)