Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы кең түрде белгиленди
Бүгин Нөкис қаласындағы Ақ қуў комплексинде "8-март - Халықаралық ҳаял-қызлар күни" мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Буннан соң, бир топар ҳаял-қызларды сыйлықлаў мәресими өткерилип, елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға қосқан үлеслери ҳәм жас әўладты Ўатанға садықлық, улыўмаинсанийлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын бир топар ҳаял-қызларға:
«Ардақлы нураный», «Ибратлы ҳаял», «Ўатан пидайысы», «Үмит ушқыны» көкирек белгилери, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң «Мўътабар аёл» көкирек нышаны, Министрлер Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
Байрам салтанаты көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы коньцерт бағдарламасы менен даўам етти.
Көркем-өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы коньцерт бағдарламасы менен даўам еткен байрам салтанаты қатнасыўшыларға жоқары кейпият бөлисти.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)