IT тараўындағы жаслар менен ушырасыў өткерилди

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәптениң ҳәр пийшемби күни жаслар күни етип белгиленген еди. Усы тийкарда бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев IT тараўындағы жаслар менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық тараўлар қатары IT тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атырғанлығына өз алдына тоқталды.
Атап өтилгениндей, IT тараўы ең аз қаржы жумсап, көп пайда алса болатуғын келешек кәсиплериниң бири есапланады. Сонлықтанда, тараўға айрықша итибар қаратылып, кең мүмкиншиликлер жаратып берилмекте. Бир ғана мысал, Ташкент қаласынан басқа мәмлекетимиздиң бирде-бир аймағында болмаған 17 етажлы IT-Park имараты Нөкис қаласында қурылып, бүгинги күнде зейинли жасларымыз ушын хызмет етпекте. Әлбетте, жаслар ушын жаратылған бундай имканиятлар оларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып атырғанлығының көриниси есапланады.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда да мине усындай ийгиликли жумыслар атап өтилип, тараўды және де раўажландырыў, фрилансерлерди қоллап-қуўатлаў, IT экспортын еле де арттырыў, стартап жойбарларды әмелге асырыў бағдарында жаслардың пикир-усыныслары тыңланды.
Өз нәўбетинде, жаслар тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар, жумыс алып барыў барысында ушырасып атырған мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине тез арада унамлы шешим табыў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Өткерилген ушырасыў даўамында теңлеслери арасында өзиниң умтылыўшаңлығы ҳәм айрықша белсендилиги менен көпшиликке үлги болып атырған бир топар жаслар хошаметленди.



.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)