Жоқарғы Кеңес Баслығы Мойнақ, Қоңырат, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларындағы исбилерменлер менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилген жойбарлар басламашылары болған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда дәслеп ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, регионның инвестициялық тартымлығын арттырыў бағдарында өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары тийкарында берилген жеңилликлер, жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.
Буннан соң жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлықта ислеўин тәмийинлеў бойынша исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары тыңланды.
Онда Кегейли, Мойнақ, Қоңырат, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районларындағы исбилерменлер, жуўапкер басшылар қатнасты.
Ушырасыў даўамында исбилерменлерди қыйнап келген мәселелер тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешим табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.


