Қарақалпақстанда биринши мәрте баўыр көширип өткериў операциясы табыслы жуўмақланды
131
Нөкис қаласындағы У.Халмуратов атындағы көп тармақлы медицина орайында жергиликли ҳәм Ташкент қаласынан келген шыпакерлер тәрепинен Қарақалпақстанда биринши мәрте баўыр трансплантациясы әмелге асырылды.
12 жаслы Айзада Бердибаева бир неше жылдан берли баўыр фиброзы кеселлиги менен емленип киятырған еди.
Наўқастың әкеси Есбанов Қуўатбай өз қызына баўырынан бир бөлегин беретуғын болды ҳәм баўыр көширип өткериў операциясы тәжирийбели шыпакерлер тәрепинен әмелге асырылды.
Ҳәзирги ўақытта Айзада ҳәм оның әкеси Қуўатбайдың жағдайлары жақсы, шыпакерлердиң бақлаўында екеўиниң де саламатлығы тикленбекте.
Бул операцияның барлық ғарежетлери, “Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды” тәрепинен қаплап берилди.
