«Исбилерменлер аймағы» мәҳәллесинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары даўам етпекте

Жақында Нөкис қаласындағы «Исбилерменлер аймағы» мәҳәллесинде кең көлемли абаданластырыў жумыслары баслап жиберилген еди.
Бүгин мәҳәлле аймағындағы арнаўлы штабда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының орынланыўы мәселелери көрип шығылды.
Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, министрлик, мәкеме, шөлкем басшылары, жуўапкерлер қатнасты.
Атап өтиў орынлы, бул жумыслар басланыўы алдынан аўыр шараяттағы шаңарақларға жәрдем бериў, авариялық жағдайдағы үйлерди оңлап, зәрүрлерин жаңадан қурыў, сондай-ақ, ишки жолларды оңлаў, газ, суў, электр тармақларын жаңалаў, мәҳәлле аймағын абат етиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилген еди.
Усы тийкарда бүгинги күнде әмелий илажлар баслап жиберилип, қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.



