Ифтарлық мәресими болып өтти

Бүгин ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына барып, онда жаратылған шараятлар ҳәм экспозициялар менен танысты. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында орайдың рәсмий ашылыўы ҳәм ифтарлық мәресими болып өтти.
Барлық аймақларда жайылған ифтарлық дастурханларына нураныйлар, мийнет ветеранлары, улама ҳәм зыялылар, түрли дин ҳәм коньфессиялардың ўәкиллери, кең жәмийетшилик ўәкиллери мирәт етилди.
Видеобайланыс арқалы Қарақалпақстанда да ифтарлық илажы өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовлар қатнасты.




