Қараөзек районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп «Бердақ» мәҳәллесиндеги «Қараөзекли Батырбай» фермер хожалығында жамғырлатып суўғарыў үскенелерин орнатыў жумыслары көзден өткерилди. Сондай-ақ, «Қараөзек» мәҳәллесиндеги «Қалим Бекболат» фермер хожалығының ҳәмде «Мәденият» АПЖда жасаўшы Генжемурат Турдымуратовтың ыссыханасы да көзден өткерилди. Жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм егин өнимдарлығын арттырыў имканиятлары, қосымша дәрамат ҳәм өндирис көлемин арттырыў мәселелери айрықша итибарға алынды.
Буннан соң, «Ата мәкан» мәҳәллесиндеги Тоғай хожалығында грант қаржылары тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар, Абаданластырыў басқармасы тәрепинен пуллы хызметлер көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша жумыслар барысы көрип шығылды.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы 2026-жылы районда әмелге асырылыўы режелестирилген инвестициялық жойбарлардың презентациялары, «SIFAT INVEST KOMPANIYASI» ЖШЖ кәрханасы тәрепинен қамыс ҳәм пахта пақалынан ДСП ислеп шығарыў жойбарлары менен танысты. Жаңа жойбарлардың өз ўақтында орынланыўын тәмийнлеў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Жәнеде «Қараөзек» ППЖ мәҳәллесиндеги 2-санлы техникумда грант қаржылары тийкарында әмелге асырылған жумыслар көрип шығылды. Сыртқы бийғәрез көмеклер ҳәм грант қаржыларын тартыў арқалы бундай жойбарларды көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.
БПО орайы жумысы да көрип шығылды, орай имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша көрсетпелер берилди.






