Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп халықтың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў ҳәм абаданлығын тәмийинлеў мәселелери додаланды. Бул бағдарда, ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға берген айрықша жеңилликлери, пәрман ҳәм қарарлар шеңберинде халыққа жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көз-қараста көрип шығылды.
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлер тәрепинен жол қойылған кемшиликлер атап өтилди.
Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығын көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.


