Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласында жаслар менен ушырасты

Бүгинги күнде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып, олардың пикир ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў, машқалаларын өз ўақтында шешиў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда Президентимиздиң басламасы менен ҳәр ҳәптениң пийшемби күни "Жаслар күни" сыпатында белгиленди.
Мине усы ийгиликли баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимизде жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етти.
Ушырасыў даўамында жаслар да белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған мәселелер, машқала ҳәм усынысларын ашық ҳәм еркин түрде билдирди.
Онда жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлер алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер көтерилип, оларды унамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.








