Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўшы «Ҳамроҳ» компаниясының Қарақалпақстан филиалы ашылды

Бүгин Нөкис қаласында ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында әҳмийетли есапланған «Ҳамроҳ» компаниясы Қарақалпақстан филиалының ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы баслығының консултанты Н.Давлетова қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланды. Елимизде оларға исбилерменлик бағдарында көплеген жеңилликлер берилмекте.
Усы қатарда, Президентимиздиң 240-санлы пәрманы менен «Ҳамроҳ» компаниясы тәрепинен 2026-2027-жылларда 6 мың ҳаял-қызлардың исбилерменлик жойбарларын финанслық қоллап-қуўатлаў ушын 2 триллион сум қаратыў, 3 мыңға жақын ҳаял-қызларды исбилерменликке оқытыў ҳәмде 2 мың ҳаял-қыздың исбилерменлик жумысына жәрдемлесиў белгиленген.
Мине усындай ийгиликли жумыслардың қатарында компания филиалының ашылыўы ҳаял-қызларымызды исбилерменликке кеңнен тартыўға, олардың өз бизнесин еле де раўажландырыўына көмеклесиўге тийкар болып хызмет етеди.







