Қәллибек Камаловтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен ифтарлық дастурханы жайылды

Усы жылдың 18-март күни Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың туўылғанына 100 жыл толыўы мүнәсибети менен ифтарлық дастурханы шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камаловтың терең билими, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбы менен елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси ҳаққында атап өтти.
Ифтарлықта Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов қатнасты.
Ҳақыйқатында да, халқымыздың бүгингидей турмыс шараятын тәмийинлеў бағдарында көплеген инсанлар пидайы хызмет етип, өз өмирин бағышлаған. Усындай инсанлардың бири сыпатында Қәллибек Камаловтың пидәкерли хызметлерин көп миллетли халқымыз терең аңлайды ҳәм жоқары қәдирлейди.
Ҳүрметли Президентимиздиң Қәллибек Камаловқа деген ҳүрмет-иззети жоқары болғанлығын бәршемиз жақсы билемиз.
Президентимиздиң басламасы менен ел ардағындағы нураныйымыздың 100 жыллығын кең түрде белгилеў бойынша Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары қабыл етилип, бул бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылмақта.
Мүбәрек Рамазан айында өткерилген ифтарлық дастурханы әтирапында Қәллибек Камаловтың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Әлбетте, ол инсанның халқымыз ийгилиги жолындағы пидәкерли хызметлери халқымыз ядында узақ сақланып қалады.



.jpg)


