Елимизге жаңаланыў, кеўиллерге мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат бағышлаған байрам салтанаты болып өтти

Наўрыз байрамы Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген арнаўлы Қарар тийкарында пүткил елимиз бойлап « Наўрызды улығлаў - инсанды улығлаў!» сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Усы жылдың 21-март күни Нөкис қаласында улыўма халықлық Наўрыз сейилине бағышланған театрластырылған ҳәм әдебий музыкалы хореографиялық байрам тамашалары «Дослық» каналы бойындағы Өзбекстан миллий, мәдений байлығы көшесинде болып өтти.
Байрам кешесине Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов, ҳүкимет ағзалары, кең жәмийетшилик ўакиллери қатнасты.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, гүллән халқымызды жаңарыў ҳәм жасарыў айямы – Наўрыз байрамы мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, қутлы әйям өткерилип атырған майданда бақсы-жыраўлар, сәзенделер ҳәм көркем өнер шеберлери өзлериниң өнерлери менен халқымызға байрам кейпиятын инәм етти.
«Дослық» каналының бойында көркем өнер шеберлери, мәденият тараўы ўәкиллери, халық сүйген атқарыўшылар жыйналғанларға Наўрызға тән көтериңкилик бағышлады.
Туўысқан халықлардың миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин өзинде жәмлеген түрде саҳналастырылған көринислер, миллий аяқ ойын ҳәм қосықлар атқарылыўы, халқымыздың миллий ойынлары, бақсы ҳәм жыраўлардың әжайып шығыўлары ҳәммеге бирдей унады.







