Қәдирли Ўатанласлар, Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!

Ең дәслеп, сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда пүткил халқымызды Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Мәҳәлле - әсирлер аса миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақын қоңсышылық ҳәм аўызбиршиликтиң мәсканы болып келмекте.
Биз мәҳәлле дегенде, дүняда кемнен-кем ушырайтуғын, инсанды жәмийет пенен бирге жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын орынлайтуғын тараўды түсинемиз. Бунда мәҳәллелерде аўызбиршилик ҳәм миллий қәдриятларымызды ен жайдырыўда әҳмийетли болған көше бийлери институты халық пенен тығыз бирге ислесиўде “мәҳәлле жетилиги”ниң шын мәнисиндеги көмекшисине айланған.
Ҳәзирги ўақытта елимизде жасап атырған ҳәр бир инсан, миллети, тили, динине қарамастан, өз өмири, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин мәҳәлледен бөлек көз алдына келтире алмайды.
Ҳүрметли мәҳәлле системасы хызметкерлери!
Сизлерди бүгинги байрам менен қутлықлап, ҳәммеңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға тынышлық-аманлық, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы