Қоңырат районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелери кең түрде талқыланды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Қоңырат районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп, халықтың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаратып берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, жумыссыз, социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралар, жаслар бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында берилген жеңилликлер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Буннан соң районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумыслар, халықтың мүнәсип турмыс шараятын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, абаданластырыў жумысларын алып барыў сыяқлы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм басқа да мәселелер сын көз-қараста көрип шығылды.
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.
Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў, зәрүр болса, лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
.jpg)
