Алыс «Қарақалпақстан» посёлкасы халқынан хабар алынды

Елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли баслама тийкарында халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда елимиздиң барлық орынлары қатарында алыс ҳәм шетки аймақ турғынларының да машқалаларына шешим табыў бойынша илажлар даўам еттирилмекте.
Усындай әмелий жумыслар қатарында бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларынан бири болған Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйынына барды.
Дәслеп, жаңадан шөлкемлестирилген туўыў бөлиминиң ашылыў мәресими өткерилип, Жоқарғы Кеңес Баслығы жаңа туўыў бөлиминиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен ҳәм Президент Админстрациясы баслығының қоллап-қуўатлаўы тийкарында алыс «Қарақалпақстан» посёлкасы халқы ушын алты ярым миллиард сумлық қәўендерлик қаржылары есабынан туўыў бөлими қурылды ҳәм де зәрүрли үскенелер менен тәмийинленип, барлық қолайлы шараятлар жаратылды.
Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы көше бийлери, нураныйлар менен ушырасып, жақыннан сәўбетлести.
Онда аймақ турғынларының машқалалары тыңланып, шешимин табыў илажлары көрилди. Ҳәр бир билдирилген мүрәжатларға унамлы шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Буннан соң, посёлка халқы менен бирге жаңарыў ҳәм жасарыў айямы – Наўрыз байрамы кең түрде белгиленди.








