Жоқарғы Кеңес Баслығы спортшы жаслар менен ушырасты
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жаслар күни шеңберинде бир қатар спортшы жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң спортқа болған айрықша итибары ҳаққында атап өтти.
Айтып өтиў орынлы, елимизде Президентимиз басшылығында барлық тараўлар қатарында спортты раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Өткен қысқа ўақыт ишинде жаңадан-жаңа спорт обектлери қурылып, бүгинги күнде де бундай илажлар даўам еттирилмекте. Соның менен бирге, олимпия ойынларына мүнәсип таярлық көриў, жасларымыз арасынан дүнья ареналарында елимиз байрағын танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў бойынша да әмелий жумыслар алып барылмақта. Өз гезегинде бундай шараятлар спортшыларымызды жаңадан-жаңа табысларға руўхландырмақта.
Өткерилген ушырасыў даўамында спортшы жаслар, олардың жақынлары ҳәм тренерлери менен жақыннан сәўбетлесилип, пикир ҳәм усыныслары тыңланды.
Көтерилген ҳәр бир мәселе белгилеп алынып, тез пурсатта унамлы шешип бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

.jpg)



.jpg)

