Тез жүрер поезддиң техникалық сынаўы өткерилип, дәслепки рейс Мискин станциясына жетип келди

Бүгинги күнде халқымызға сапалы транспорт хызметин көрсетиўди жақсылаў бағдарында бир қатар әмелий жумыслар әмелге асырылып атыр.
Усы қатарда Ташкент-Нөкис жөнелиси бойынша тез журер поездының темир жол линиясын электрлестириў жумыслары алып барылып атырған еди.
Мине усындай илажлар нәтийжесинде Мискин станциясына дәслепки тез жүрер поезд жетип келди.
Бүгинги күнде 196 километрлик «Мискин – Нөкис» тез журер поездының темир жол линиясын толық электрлестириў даўам еттирилмекте.
Бул темир жол линиясының электрлестирилиўи нәтийжесинде:
- бириншиден: жоқары тезликте ҳәрекетлениўши электро-поездлардың қатнаўын жолға қойыў ушын имканият жаратылады;
- екиншиден: ишки туризм ушын қолайлықлар жаратылып, Қарақалпақстан – Хорезм арасындағы мәдений байланыслар жаңа басқышқа көтериледи;
- Буннан тысқары, Ташкент-Нөкис ортасындағы қатнаў ўақты ҳәзирги 16 сааттан 7 саатқа қысқартылыўына ерисиледи.