Нөкис қаласында ғалабалық жуўырыў марафоны өткерилди
.jpg)
Бүгин Нөкис қаласында 5 жөнелис бойынша спортшылар, студентлер, жәмлеспеген жаслар ҳәм бақша тәрбияланыўшыларын өзинде жәмлеген ғалабалық жуўырыў марафоны өткерилди.
Марафонның сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўлар қатарында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға ҳәм ғалабалық спортты ен жайдырыўға, жасларды спортқа тартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бүгинги марафон да мине усы бағдардағы илажлардан бири болып, спортшылар, әскерий хызметкерлер, жоқары оқыў орынлары студентлери, мәҳәллелердеги 7 жастан 70 жасқа шекемги 5 мыңнан аслам қатнасыўшыларды өзинде жәмледи.
Әлбетте, бундай илажлар саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халқымыздың денсаўлығын беккемлеўде әҳмийетли есапланады.
Өткерилген марафон жуўмағында қарсыласларына үстем келип, жеңимпазлықты қолға киргизген қатнасыўшылар медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
