Қарақалпақстан пара велоспорты тарийхында жаңа бет ашылды
77

Усы жылдың 25-31-март күнлери Филиппин мәмлекетинде спорттың Пара велотрек түринен Азия чемпионаты болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Нурдаўлет Мырзабаев теам спринт (командалық спринт) жөнелиси бойынша қарсыласларынан үстем келип, 1-орын ҳәм алтын медаль ийесине айланды.
Атап өтиў орынлы, спортшымыз бул жетискенлиги менен Қарақалпақстан пара велоспорты тарийхында жаңа бет ашты.
