Әмиўдәрья районын ҳәр тәреплеме раўажландырыў мәселелери көрип шығылды
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтыӊ басшылығында Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги белгиленген ўазыйпалар, әмелге асырылыўы тийис илажлардың ҳәм алдын берилген тапсырмалардың орынланыўына арналған мәжилис өткерилди.
Мәжилисте дәслеп, мәҳәллелерде жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти жолға қойыў бойынша жуўапкерлердиң презентациялары усынылды.
Буннан соң мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың әмелге асырылыўы, жаңа кәрханалар жумысларын шөлкемлестириў, қайта тиклениўши энергия дереклерин кеңнен ен жайдырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмыс дәрежесин жақсылаў барысында ўазыйпалардың орынланыўы мәселелери сын көз-қараста көрип шығылды.
Соның менен бирге, пуқаралардың қосымша дәрамат алыўына көмеклесиў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, кәрханалар жумысларына жақыннан жәрдем бериў, банк хызметлерин ҳәм базар инфраструктурасын жақсылаў бойынша да тапсырмалардың орынланыўы мәселелери де талқыланды.
Онда сондай-ақ, бул жумысларды әмелге асырыўда айырым жуўапкерлердиң өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап атырғаны сынға алынып, кемшиликлер атап өтилди.
Соның менен бирге, өз ўазыйпасын атқарыўда қәте-кемшиликлерге жол қойған айырым жуўапкерлерге интизамий жаза-шарасын қоллаў бойынша тапсырмалар берилди.
.jpg)
