Әмиўдәрья районында жаңа жойбарлардың жумыслары үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў багдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Дәслеп, “Қыпшақ” мәҳәллесиндеги базар аймағында әмелге асырылыўы белгиленген жумыслар көзден өткерилди.
Буннан соң, “Гүлзар” мәҳәллесиндеги “РИЗҚБАРАКА” ЖШЖ тәрепинен саўда орайын шөлкемлестириў, “Боёвул” мәҳәллесиндеги жеке исбилермен Дониёр Жумамуратов тәрепинен мебель ислеп шығарыў, “Чордара”дағы “Амударё ЭКО МАРКЕТ” ЖШЖ тәрепинен екобазар ҳәм заманагөй автомобиль турар орнын шөлкемлестириў, “Инобат Хўжаниязова” шаңарақлық кәрханасының ағаш усташылығы жойбарлары көзден өткерилди.
“Фаол ҳаётга қадам” күндизги қарап турыў хызмети, “Қылышбай” мәҳәллесиндеги Сардорбек Имомаддиновтың оқыў орайын шөлкемлестириў, “Қараман” мәҳәллесиндеги Ӯмир Матякубовтыӊ шаңарағындағы шараўашылық жойбарлары, буннан тысқары, “КУНГРАД ДРИНКС” ЖШЖниң көтере саўда хызметин шөлкемлестириў, “АМУДАРЁ ЁРУҒ” ЖШЖниң шығындыны қайта ислеў – екилемши гранула ислеп шығарыў жойбарлары жумыслары үйренилди. Исбилерменлер менен тығыз ислесиў арқалы жақыннан жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Үйрениўлер даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы “ДОНО АВЛОД” мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыўында қатнасты ҳәм жаратылған шараятлар менен танысты.
Сондай-ақ, “Жаңа Өзбекстан” массивинде әмелге асырылған қурылыс жумыслары ҳәм абаданластырыў басқармасы тәрепинен пуллы хызметлерди жолға қойыў жойбарлары барып көрилди.
Халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған бундай жойбарларды еледе көбейтиў керек екенлиги атап өтилип, жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

.jpg)
.jpg)

