Қубла Корея мәмлекетинде өткерилген семинар шеңберинде Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы таныстырылды

Жақында Қубла Корея мәмлекетинде Арқа-Шығыс Азия мәмлекетлери регионаллық администрациялары аўқамы (АРАССВА)ның гезектеги семинары өткерилди.
Онда Өзбекстан делегациясы қурамында Қарақалпақстаннан да ўәкиллер қатнасты.
Семинарда ўәкиллеримиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы күтилип атырған инвестициялық жойбарлар ҳәм регионымыздың потенциалы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған итибары нәтийжесинде регионымыз ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, усы тийкарда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Буннан соң Кореяның Far East University ўәкиллери менен ушырасыў өткерилип, онда усы университет ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети арасында жоқары билим бериў бағдарында бирге исесиў бойынша келисип алынды.
Сапар даўамында Kor Net global компаниясы менен бирге кореялы компаниялар қатнасыўында ушырасыўлар өткерилип, фармацевтика, аўыл хожалығы, қурылыс, туризм бағдарларында бирге ислесиў бойынша келисимге ерисилди.



