ДАҒАЗА

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жоқары оқыў орынларын табыслы тамамлаған билимли ҳәм лидер жасларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесине ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл ететуғынын дағазалайды.
Таңлаў төрт басқышта болып өтеди:
1-басқыш - дәслепки үйрениў;
2-басқыш - тест сынақлары;
3-басқыш - шығарма жазыў;
4-басқыш - сәўбетлесиў.
Таңлаў талаплары:
Таңлаўға 2023-2024 ҳәм 2024-2025-оқыў жылында жоқары оқыў орынларын табыслы тамамлаған, сондай-ақ, 2025-2026-оқыў жылында жоқары оқыў орынларын питкериўши Өзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасады.
Үстемлик бериледи:
Таңлаўда республикалық ямаса халықаралық олимпиада ҳәм таңлаў жеңимпазы, илимий мақала, стартап ямаса инновациялық жойбар авторы, мәмлекетлик ямаса халықаралық стипендия ийеси, шет тилин билетуғын ҳәмде ИТ көнликпелерине ийе қатнасыўшыларға, сондай-ақ, социаллық қорғаў реестрине киргизилген шаңарақ перзентлерине бериледи.
Таңлаў жеңимпазы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесине белгиленген тәртипте ашық таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиледи.
Таңлаў қатнасыўшыларының онлайн арзалары 2026-жылдың 1-апрель – 1-май аралығында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң www.tanlawjk.uz веб-сайты арқалы қабыл етиледи.
Мағлыўмат ушын телефон 61-222-74-77