Жоқарғы Кеңес Баслығы Қарақалпақстанда самал электр станцияларын қурыў мәселелери бойынша инвесторлар менен ушырасты
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясының Өзбекстандағы басшысы Жон Заиди басшылығындағы компания ўәкиллери менен ушырасты.
Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша айрықша итибары ҳаққында кең түрде атап өтти.
Ушырасыўда «ACWA Power» компаниясы тәрепинен самал электр станциясын қурыў бойынша республикамыз аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлар, әмелге асырылыўы белгиленген перспективалы жойбарларды еле де көбейтиў, сондай-ақ, бар болған мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў мәселелери сөз етилди.
Айтып өтиў орынлы, «Нөкис-1» жойбары шеңберинде қуўатлығы 100 мегаватт болған самал электр станциясы қурылды. Сондай-ақ, Беруний районында «Нөкис-2» жойбары шеңберинде баҳасы 260 млн. долларлық 200 мегаваттлық самал электр станциясы ҳәм 100 мегаваттлық энергия сақлаў системасы қурылмақта. Буннан тысқары, Қоңыратта 2000 мегаваттлық самал электр станцияларын қурыў бойынша әмелий жумыслар басланған.
Өткерилген ушырасыўда бирге ислесиўди еле де беккемлеў ҳәм кеңейтиў, қурылыс жумыслары ҳәм станция жумысларына жергиликли пухараларды тартыў, буның ушын зәрүр кадрларды таярлаўда Қарақалпақстандағы оқыў орынлары имканиятларынан пайдаланыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳаққында кең түрде пикирлесилип, алдағы режелер белгилеп алынды.
.jpg)
.jpg)

.jpg)

