Жоқарғы Кеңес Баслығы Әмиўдәря районында жаслар менен ушырасты

Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың басламаларын хошаметлеў мақсетинде белгиленген пийшемби - Жаслар күни шеңберинде гезектеги ушырасыў болып өтти. Бул ушырасыў жаслардың пикир ҳәм идеяларын тыңлаў, олардың дөретиўшилик ҳәм социаллық жойбарларын қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, турмыслық ҳәм кәсиплик потенциалын раўажландырыўға қаратылған.
Мине усы ийгиликли баслама шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәря районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўдан алдын, жаслар ушын бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жаслардын басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылған шараятлар, берилген имканиятлар бойынша презентация жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы мәмлекетимизде Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанлы жасларға қаратылып атырған жоқары итибар, олардың билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм өз потенциалын көрсетиўи ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айрықша сөз етти. Соның менен бирге, усындай имканиятлардан орынлы пайдаланып, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслар саны артып атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алынды.
Ушырасыў даўамында жаслар да белсене қатнасып, өзлерин қызықтырған мәселелер, машқала ҳәм усынысларын ашық ҳәм еркин түрде билдирди. Онда жумыс пенен тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў, жеңиллетилген кредитлер алыў, кәсип-өнер үйрениў ҳәм билимлендириў тараўына тийисли мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине тез арада унамлы шешим таптырыў бойынша тапсырмалар берилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)


