Шымбай районында 200 жаңа жумыс орнын жаратыў қуўатлығына ийе «HD Sons» кәрханасы жумыс баслады

Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында аймақларды комплексли раўажландырыў, экономика тармақларын кеңейтиў ҳәм санаат потенциалын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырмақта. Усы тийкарда қала ҳәм районларда заманагөй өндирис қуўатлықлары қурылып, жаңа санаат кәрханалары иске қосылып атыр ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте.
Усындай жойбарлар қатарында Шымбай районында «HD Sons» текстиль кәрханасының ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жыйналғанларды кәрхананың ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң регионымызға қаратып атырған айрықша итибары нәтийжесинде Шымбай районында да инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, жаңа өндирислик қуўатлықларды иске қосыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында анық әмелий илажлар даўам еттирилмекте.
Улыўма баҳасы 15 млн. доллар болған жаңадан ашылған «HD Sons» кәрханасы толық қуўатлықта иске түсиўи менен 7 мың тонна шийки затты қайта ислеў ҳәм 4 мың тонна ийирилген жип өнимлерин ислеп шығарыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, 6,5 миллион доллардан аслам өнимди экспортқа шығарыў жолға қойылады. Буннан тысқары, 200 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылып, район халқы, әсиресе, жаслардың бәнтлиги тәмийинленеди.
Илаж даўамында жыйналғанлар кәрхана жумыслары менен жақыннан танысты.
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)