ДАҒАЗА

Ҳүрметли пуқаралар ҳәм қурылыс тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер!
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасына муўапық Кадастр ҳәм қурылыс тараўында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў, олардың себеплерин үйрениў ҳәм тараўда ушырасып атырған системалы машқалаларды сапластырыў мақсетинде «Цалл Центер» шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли пуқаралар!
Кадастр ҳәм қурылыс тараўына байланыслы системалы машқалаларға ямаса хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша пикир ҳәм усынысларыңызды қалдырыў ушын усы жылдың 1-май сәнесине шекем Министрлер Кеңеси жанындағы Арнаўлы штабтың
☎️61 222 45 25
☎️61 222 91 87
телефон номерине азанғы саат 09:00 ден кешки 18:00 ге шекем байланысыўыңыз мүмкин.
❗️Сизиң берген пикир ҳәм усынысларыңыз арқалы тараўдағы бар машқалалардың шешими бойынша арнаўлы жол карта ислеп шығылады ҳәм оларды сапластырыў, халқымыздың тилек-өтинишлерин әмелге асырыў илажлары көриледи.