Инновациялық технологиялар университети жаңа имаратының ирге тасы қойылды

Елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме билимли инсанлар етип тәрбиялаў, олардың билим алыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда, мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери менен бирге, мәмлекетлик емес билимлендириў орынларының санын арттырыў, билим бериў сапасын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша да нәтийжели жумыслар алып барылып атыр.
Усындай илажлардың даўамы сыпатында Нөкис қаласында Инновациялық технологиялар университети жаңа имаратының ирге тасы қойылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы М.Атамуратов, Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратовлар қатнасты.
Атап өтиў орынлы, улыўма баҳасы 10 млн. долларлық оқыў комплексинде 10 мың студент билим алыўы нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, 1000 орынлы студентлер жатақханасы, спорт зал ҳәм арнаўлы майданшалар, оқыў-лаборатория ханалары қурылады ҳәм студент-жаслар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылады.
.jpg)
.jpg)
