Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме

Усы жылдың 6-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы болып өтти. Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды. Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылды.
Күн тәртибинде дәслеп Қарақалпақстан Республикасында барлық тараўларда алып барылып атырған реформалардың барысын халықтың арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў туўралы мәселе қарап шығылды.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларға тоқталды.
Буннан соң, күн тәртибиндеги мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Өтемисов баянат жасады ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.
Буннан соң пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы прокурорының мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминов баянат жасады. Бул мәселе де депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.
Буннан соң «Қалалық жолаўшылар транспорты ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлар талапларының орынланыўы бойынша Транспорт министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Б.Сейтмуратов шығып сөйледи. Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессияда 2025-жылда орынлардағы норма дөретиўшилиги жумысы ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелияты, ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Әдиллик министри Е.Турсунов баянат жасады. Бул мәселе де депутатлар тәрепинен толық қарап шығылды ҳәм қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе, яғный, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жер участкаларынан нызамсыз пайдаланыў ҳәм де хызметкерлердиң арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасына жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы мәселе бойынша Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуов баянат жасады. Мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибинде гезектеги Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм климат өзгериўи комитетиниң 2025-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққындағы Экология ҳәм климат өзгериўи комитетиниң есабаты туўралы Экология ҳәм климат өзгериўи комитети баслығы Л.Сеитова баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Буннан соң Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының 2025-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары ҳаққында Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығы А.Исаков баянат жасады. Мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәмде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси қарап шығылды.
Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы жәнеде оларда қурылған имаратлар менен обектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 1793 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.
Буннан соң депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң оныншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.







