«Ақшакөл илҳамлары» республика таңлаўының ашылыў мәресими өткерилди

Бүгин Елликқала районында «Ақшакөл илҳамлары» республика таңлаўының ашылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды таңлаўдың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде беккем тийкар болып хызмет етпекте. Усы қатарда, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланды.
Бүгинги басланып атырған таңлаў да өз нәўбетинде, жасларға тийисли реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың қызығыўшылығы ҳәм уқыбын жүзеге шығарыўда әҳмийетли саналады.
Сондай-ақ, жаслар арасында дослық қатнасықларын беккемлеўде ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўы ушын қолайлы дөретиўшилик майданды жаратыўда, жаңа талантларды кең жәмийетшиликке таныстырыўда айрықша орын ийелейди.
Өткерилген илаж даўамында таңлаўды шөлкемлестириўде белсендилик көрсетип атырған бир топар пидайы инсанларға Жоқарғы Кеңестиң «Миннетдаршылық хаты» тапсырылды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)

.jpg)
.jpg)

.jpg)