Әсиресе, базарлар, саўда комплекслери, банклерде социаллық аралыққа әмел етпеў, көшеде медициналық нықап тақпаў, биймәлел ҳәм арқайын болып, үйлерде түрли илажлар өткериў жағдайлары көбеймекте. Бундай унамсыз жағдайлар кеселликти анықлаў, алдын алыў ҳәм емлеў ушын ислеп атырған барлық ҳәрекетлеримиз, бюджеттен алынып атырған триллионлап қәрежетлеримиздиң нәтийжелилигин жоққа шығарыўы мүмкин.
Республикалық комиссия ўәлаят ҳәкимлери менен бирге бир күн мүддетте эпидемиологиялық жағдай жаманласқан аймақлардың категориясын қайта көрип шықсын ҳәм карантин илажларын күшейтиў бойынша усыныс киргизсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги «қызыл» ҳәм «сары» аймақларда күнлик тест алыў санын арттырыўы лазым. Онда медицина мәкемелери, базарлар, банклер ҳәм халық көп жерлерде қадағалаў тестлерин алыўды көбейтсин.
Усы жерде әҳмийетли бир мәселеге итибар қаратпақшыман. Пандемияның экономикаға тәсирин жумсартыўға қаратылған 16 ҳүжжет қабыл еттик. Бирақ орынларда бул қарарлардың орынланыўын шөлкемлестириў ақсамақта, жаратылып атырған шараятлар ҳәм жеңилликлерди пуқаралар ҳәм исбилерменлерге мәнзилли жеткере алмай атырмыз.
Олий Мажлис палаталары орынларда халық депутатлары кеңеслери менен бирге пандемияға байланыслы Президент қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша парламент ҳәм кеңеслердиң тәсиршең қадағалаўын жолға қойыўы күтилген нәтийже бериўи мүмкин.
Сондай-ақ, район, қала, ўәлаят ҳәкимлери, министрлер ҳәр айда бир мәрте Президент қарарларының орынланыўы бойынша брифинг өткерип, ғалаба хабар қураллары, парламент ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшилик алдында есабат берип барсын.
Әлбетте, карантин илажларын жумсартыў себепли 19 мыңнан аслам (91 процент) санаат, 9 мың (76 процент) қурылыс, 51 мың (52 процент) хызмет көрсетиў, 45 мың (44 процент) саўда кәрханаларының жумысы тикленди.
Буның нәтийжесинде май айында салық ҳәм бажыхана түсимлери өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 230 миллиард сумға, товар-шийки зат биржасында қурылыс материаллары саўдасы көлеми болса, 20 процентке көбейди. Коммерциялық банклер тәрепинен кредит ажыратыў көлеми өткен айдың усы дәўирине салыстырғанда 13 процентке өсти.
Бул бағдардағы жумысларымызды карантин талапларына қатаң әмел еткен ҳалда, ҳәм тармақ, ҳәм аймақ кесиминде мәнзилли түрде даўам еттириўимиз лазым.
ӨзА