Және 5 наўқас инфекциядан толық емленди!
1994
Бүгин 29-май сәнесинде Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған коронавирусқа шалынған наўқаслардан 5 адам пүткиллей саўалды. Олар Қарақалпақстан Респуликасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитацияға шығарып салынды.
Нәтийжели емлеў усылларынан кейин, соңғы тексериўлер олардың кеселликти толық жеңип өткенлигин көрсетти. Саўалған наўқаслар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында шыпакерлер тәрепинен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, сондай-ақ коронавирусқа қарсы гүресте нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлер қәнигелериниң усыныслары тийкарында алып барылған емлеў усыллары себепли кеселликтен толық қутылды.
Усы жетискенликлердиң негизинде Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасы жәмәәтиниң үлкен жуўапкершиликти терең сезингени ҳәм коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардың ем табыўы ушын шын кеўилден гүресиўи жатады. Медицина хызметкерлериниң нәтийжели гүрес алып барыўы ушын емлеўханада барлық шараят жаратылған, дәри-дәрмақ, заманагөй медициналық технологиялар ҳәм қорғаныў қураллары менен тәмийинленген.
Усының менен, коронавирус инфекциясынан толық тәўир болғанлар саны 127 адамға жетти.