Бүгингидей жағдайда депутатлар белсендилик көрсетиўи тийис
2189
Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында усы жыл 26-май күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде Олий Мажлис палаталары орынларда халық депутатлары кеңеслери менен бирге пандемияға байланыслы Президент қарарлары ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша парламент ҳәм кеңеслердиң тәсиршең қадағалаўын жолға қойыў, сондай-ақ, район, қала, ўәлаят ҳәкимлери, министрлер ҳәр айда бир мәрте Президент қарарларының орынланыўы бойынша есабат берип барыўы тийислиги белгиленген еди.
3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде өткерилген Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң қоспа мәжилисинде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пандемияға байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар бүгинги күнде пандемияның халықтың турмысына ҳәм экономикамызға унамсыз тәсирин жумсартыўда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыўда, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатғуынлығы атап өтилди.
Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери ҳәмде Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетлериниң баслықлары ҳәм ағзалары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов алып барды ҳәм Президентимиз тәрепинен белгиленген тапсырма ҳәм ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм депутатлық қадағалаўды тәмийинлеўде, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатлары тыңланыўын жолға қойыўда депутатлардың жуўапкершилигин ҳәм белсендилигин арттырыў тийислигин айрықша атап өтти.
Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети баслығы З.Реймова республикамызда қабыл етилген нызам ҳүжжетлерин қайта көрип шығыў, оларды жәнеде жетилистириў, халықтың ҳуқықый мәдениятын ҳәм саўатлылығын арттырыў мәселеси бүгинги күнде әҳмийетли мәселелердиң бири екенин, бул процессте депутатларымыз белсене қатнасыўы, қала ҳәм район кеңеслериндеги турақлы комиссиялардың жумысын күшейттириў, қабыл етилген нызамлардың мазмунын ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў, әсиресе, бүгинги карантин жағдайында аралықтан турып онлайн ушырасыўлар, видеобайланыс арқалы додалаўлар өткериўди шөлкемлестириў керек екенлигин айтып өтти.
Мәжилисте Жоқарғы Кеңес депутатлары көрилген мәселелер бойынша өз пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети