Бүгинги күнде санлы экономика, «Электрон ҳүкимет» хызметлерине талап күннен күнге артып бармақта. Бирақ ҳәзирги күнде 780 түрдеги мәмлекетлик хызметтен тек ғана 185 инен «электрон портал» арқалы пайдаланыў имканияты бар. Айырым шөлкемлерде жумыс процесин санластырыў тек ғана ҳүжжет алмасыўды электронластырыў менен шекленип қалмақта.
Сонлықтан «Электрон оқытыў бағдарламасы» арқалы оқып диплом алған программистлерди мәмлекетлик ҳәм хожалық IT қәниге сыпатында жумысқа алыў зәрүрлиги атап өтилди. Олар шөлкемлердиң барлық түрин дәстүрий электрон форматтан санлы көриниске өткериўге жуўапкер болады.
Мысал ушын, бүгинги күнде кәмбағал шаңарақларға кредит ҳәм субсидиялар бериў мәселесин арнаўлы электрон программа анық өлшемлер тийкарында автоматикалық түрде белгилеўи керек.
Бас министрдиң кеңесгөйине халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда, шөлкемлерде руқсат бериў ҳәм қарар қабыл етиў процесслерин электрон форматқа өткериў бойынша концепция ислеп шығыў тапсырылды.
IT инфраструктурасын жақсылаў, халықтың, әсиресе, жаслардың бул бойынша саўатлылығын арттырыў дәўир талабы болып есапланады. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине барлық аймақларда санлы технологиялар бойынша кеминде 100 оқыў орайын ашыў ўазыйпасы жүкленди. Бул орынларда программаластырыў тийкарлары, электрон саўда ҳәм графикли дизайн сыяқлы бағдарлар бойынша қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестириледи.
Тараў қәнигелерине шараят жаратыў мәселелерине де итибар қаратылмақта. Өткен жылы Ташкент қаласының Мырза Улығбек районында Прграммалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары парки қурылған еди. Әндижан ҳәм Марғилан қалаларында бул IT парктиң филиаллары шөлкемлестирилди. Пайтахтымызда Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектеби жанында және бир филиалдың имараты қурылмақта.
Усы жылдың ақырына шекем Гүлистан, Бухара, Наманган, Нөкис, Самарқанд, Үргенш ҳәм Жиззақ қалаларында да усындай филиалларды шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда жуўапкерлер бул IT парклердиң қурылысы, оптикалық талшықлы линиялар менен қамтылыўы, мобиль интернет тезлигин ҳәм сапасын арттырыў бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА