
Қәнигелердиң атап өткениндей, ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген кәрхана өнимлерине тек ишки базарда емес, ҳәттеки сырт еллерде де қызығыўшылық күшли. Бүгинги күни Россия Федерациясының бир қатар қалаларына экспорт етиў бойынша шәртнамамлар дүзилген.
«Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында бес гектар майданда «Жаслар бағы» шөлкемлестирилди. Бул жерге 5 мың түп мийўе нәли ҳәм палыз егинлери егилди. «Пидайы жаслар» топарына бирлескен 30 дан аслам жас жумыс пенен тәмийинленди. Буннан тысқары, районда 300 ге шамалас ыссыхана қурылған болса, соннан отызы жумыссыз жасларға берилди. Солардың бири, Улзада Жуманазарова өзиниң ыссыханасында бүгинги күнге 100 килограмм помидор жетистирип, халыққа арзан баҳада сатты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары тийкарында районда «Мўйноқ келажак бунёдкорлари» жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкеслестирилип, район ҳәкиминиң қарары менен 500 гектар егислик жер майданы ажыратылды.
-Быйылғы жылы 168 гектар жер майданында 40 жастың бәнтлиги тәмийинленди,-дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Бозатаў районлық Кеңесиниң баслығы Нызаматдин Төремуратов. Соннан 118 гектарына мәкке, 50 гектарына беде егилди. Бул жумыслар еле де даўам етип атыр.
Жақын күнлерде районда Жаслар орайы, 800 орынлық амфитеатр ҳәм 1000 орынлық заманагөй стадионның қурылысы питкерилип, жаслардың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур. Соннан Жаслар орайында инглис тили, компьютер ҳәм аяқ ойын дөгереклерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Ушырасыўда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатар алда турған ўазыйпалар белгиленди. Атап айтқанда, жаслар қурылыс отрядларын шөлкемлестириў, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында жасларды жеңиллетилген кредитлер менен тәмийинлеў, ыссыханалар шөлкемлестириўде Мойнақ жасларының тәжирийбесин үйрениў мәселелери ҳәр тәреплеме сөз етилди.
Ушырасыўда жаслар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм олар бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.