МОЙНАҚ ЖАСЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ
3623
Жаңа жыл байрамы алдынан Мойнақ районы жасларының Өзбекстан Қаҳарманлары менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, район жасларын кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанды, соның ишинде Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёев 27-декабрь күни мәлимлеме-коммуникация технологиялары бағдарына байланыслы пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўда олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өткен еди.
Елимизде 30-июнь Жаслар күни етип белгиленгенлиги, жақында болып өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына 9 жигит-қыз сайланғанлығы, жергиликли кеңеслерде жеңиске ерискенлердиң дерлик 10 процентин жаслар қурайтуғынлығы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы тараўларында белсендилик көрсетип, мәмлекетимиздиң халықаралық абырай-мәртебесин арттырыўға үлес қосып атырған 84 жастың «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығы ҳәм «Келажак бунёдкори» медалы менен сыйлықланғанлығы буның айқын мысалы болып табылады. Соның менен бирге, «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўларының тәжирийбесин даўам еттириў, ҳәр ҳәптениң бир күнин Жаслар мәселелерин шешиў күни, ҳәр 15 күнде еки күнди тек ғана жаслар менен ислесиў күни етип белгилеў керек екенлиги атап өтилди.

Ушырасыў соңында районның бир топар белсенди жасларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Үмит ушқыны» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырды.
– Өзбекстан Қаҳарманлары менен ушырасыў бизлерде айрықша тәсир қалдырды.,-дейди «Үмит ушқыны» көкирек белгисиниң ийеси, райондағы 1-санлы мектептиң оқыўшысы Бийбихан Салиева.-Президентимиздиң, Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады, – деген пикирлери биз жасларға күш-қуўат, келешекке үмит бағышлайды.
Буннан кейин, Өзбекстан Қаҳарманлары райондағы «Мойнақ порлоқ текстил» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, бул жерде мийнет етип атырған жаслардың жумыслары менен танысты. Президентимиздиң Мойнақ районына болған айрықша итибары нәтийжесинде усы жылы пайдаланыўға тапсырылған кәрханада 350 ҳаял-қыз жумыс орны менен тәмийинленди. Қытай Халық Республикасы ҳәм Түркия мәмлекетлеринде ислеп шығарылған заманагөй тигиў машиналарын басқарып атырған мойнақлы жаслар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлер тек ишки базарымызды тәмийинлеп қалмастан, соның менен бирге, келешекте сырт елллерге эскпорт етиў режелестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кәрхана жәмәәтин Жаңа жыл байрамы менен қутлықлап, алдыңғы жаслардың бир топарына «Үмит ушқыны» көкирек белгисин тапсырылды.

