Педагогика бойынша жоқары оқыў орынларында 6 бакалавр бағдары бойынша оқыў 3 жыллық болады
1424
Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжатында педагогика бойынша жоқары оқыў орынларында 6 билимлендириў бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл етип белгиленетуғынлығы атап өтилди.
2020-2021-оқыў жылынан баслап кадрлар таярлаў бойынша оқыў мүддети 3 жыллық болатуғын бакалавриат билимлендириў бағдарламалары тийкарында әмелге асырылатуғын педагогикалық билимлендириў тараўының бағдарлары төмендегилер:
- Музыкалық билимлендириў;
- Дене мәденияты;
- Технологиялық билимлендириў;
- Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў;
- Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы;
- Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде дене тәрбиясы ҳәм спорт.