Балаларға барқулла меҳир ҳәм итибар көрсетилиўи керек
1486
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Халықаралық майыплығы болған шахслар күни» мүнәсибети менен жоллаған мүрәжатында «Бүгинги күнде мәмлекетимизде инсан қәдири, оның хуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў мәмлекет сиясатының баслы бағдары етип белгиленген. Бул процесте барлық пуқараларымыз сыяқлы майыплығы болған ўатанласларымызға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша әҳмийет қаратылып атыр.» деп атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да бүгинги күнде ҳеш бир инсан итибар ҳәм меҳирден шетте қалмаўы керек деген жақсы нийет пенен көплеген әмелий жумыслар алып барылып атыр. Бул бағдарда майыплығы болған, имканияты шекленген пуқараларға ғамхорлық көрсетиў, кеўиллерин көтериў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап қуўатлаў баслы ўазыйпа саналады.
Бүгин «Халықаралық майыплығы болған шахслар күни» мүнәсибети менен 10-санлы «Нурлы маскан» қәнигелестирилген мектеп-интернатында әҳмийетли илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мектеп-интернаты тәрбияланыўшыларын сәне мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм елимизде ҳәр бир инсан ҳәм ҳәр бир бала итибардан шетте қалмайтуғынлығын, оларға бәрҳәма ғамхорлық көрсетилетуғынлығын атап өтти.
Сондай-ақ, мектеп-интернаты тәрбияланыўшыларының заманагөй ҳәм сапалы билим алыўлары ушын зәрүр болған брайл дисплейли заманагөй компьютерлер, принтер, электрон доска ҳәм бир қанша баҳалы саўғалар тапсырылды.
Өткерилген илаж мектеп-интернаты тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған концерт-бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети