Жоқарғы Кеңес Баслығы Бестөбе МПЖ турғынларының жасаў шараяты менен танысты
1500
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының ең шетки аўыр аймақларының бири болған Бестөбе МПЖда болды.
Мәкан пуқаралар жыйынында бүгинги күнде 461 хожалықта 2200 ден аслам пуқаралар жасап киятырған болып, аймақ турғынларының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.
Жоқарғы Кеңес Баслығы бул жерде аймақ турғынларының жасаў шараяты менен танысыў мақсетинде мәкан пуқаралар жыйыны аймағын аралады ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж, аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың үйлерине барып көрди. Аймақ турғынлары менен жақыннан сәўбетлесип, олардың машқалаларын тыңлады. Сол орынның өзинде социаллық қоллап қуўатлаўға ҳәм материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға хожалық буйымлары, азық-аўқатлық өнимлер ҳәм басқа да бир қатар саўғалар тапсырылды.
Атап айтқанда, Жоқарғы Кеңес Баслығы Сарсенбаева Дилбардың шаңарағында болып, турақ жайын оңлаў, үйиниң төбесин шиферлаў, ысытыў системасын тартып бериў, сондай-ақ, баласының контракт пулының 75 пайызын төлеп бериўди ўәде етти.
Соның менен бирге, Қаржаубаева Гүлара, Ешимова Заўрехан, Бодыманов Жарасларға телевизор, холодильник, азық-аўқат өнимлери менен бирге басқа да бир қанша саўғалар тапсырылып, жасаў шараятлары үйренилди ҳәм олардыңда турақ жайларын оңлаў, атап айтқанда үйлерин шиферлап бериў, ысытыў системаларын орнатыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасында болған сапарында «Сизлер менен бирге үлкен ҳәрекет басладық. Ҳәр бир аймақтың дәртин билейик, ҳәр бир инсанның ишине кирейик, ертеңги күнге исенимин оятайық деп терең реформаларды әмелге асырып атырмыз. Адамлар ертең емес, алыс келешекте емес, бүгин жақсы жасаўы керек» - деп атап өткен еди.
Бүгинги күнде мине усы ийгиликли баслама тийкарында пуқаралардың машқалаларын тыңлаў, олардың жақсы жасаўы ушын бар мүмкиншиликлерди иске салыў жумыслары системалы түрде даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети