Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласының ең шетки аймақларынан бири болған Қаратаў мәкан пуқаралар жыйынында болды
2806
«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелий жумыслар бүгинги күнниң баслы мақсетине айланып үлгерген. Усы тийкарда республикамыз аймағында да бир қанша жумыслар алып барылып, бул бағдарда алыс, шетки аймақлар турғынлары да итибардан шетте қалмай атыр. Сөзимиздиң дәлийли сыпатында жақын ўақыт аралығында республикамыздың Қоструба, Қумбасқан ҳәм Шуқырқақ аўыллары, Қарақалпақстан ҳәм Жаслық посёлкалары сыяқлы алыс аймақлар пуқаралары менен болған ушырасыўларды айтыўымызға болады.
Усындай ушырасыўлардың бири бүгин Нөкис қаласына қараслы орайдан дерлик 90 км қашықлықта жайласқан Қаратаў мәкан пуқаралары жыйынында болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақ турғынларының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды тыңлап, шешимин табыў илажларын көрди.
Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен аймаққа алып барыўшы жолды оңлаў, ишимлик суўы ҳәм гәз тәмийнаты, балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў ушын бақша қурыў, кем тәмйинленген шаңарақларды турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм үйлерин оңлап бериў, мектеп имаратын ысытыў ушын трансформатор пунктин жаңалаў, электр линияларын тартыў, аймаққа келиўши салманы қазып бериў ҳәм көмир жеткерип бериў сыяқлы мүрәжатлар билдирилди.
Қаратаў пуқаралар жыйыны турғынларының мүрәжаты тийкарында Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен күнниң өзинде Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен 1км салманы қазыў жумыслары баслап жиберилди. Соның менен бирге аймаққа 10 тонна көмир жеткерип берилди.
Қалған машқалаларды да тез пурсатта шешиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар тапсырмалар берилди. Соның менен бирге ўақыт талап етилетуғын мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм тез арада унамлы тәрепке шешилетуғынлығы билдирилди.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес баслығы аймақ турғынларының жасаў шараяты менен жақыннан танысты. Пуқаралар менен жақыннан өз үйлеринде сәўбетлесиў даўамында олар бәрҳәма мәмлекетимиз итибарында ҳәм ғамхорлығында екенлиги билдирилип, олардың бүгинги турмысын жақсылаў жолында бар мүмкиншиликлер иске салынатуғынлығы атап өтилди.
Үйлерди бирме бир аралаў даўамында Серемуратова Зухраға газ плитасы, Бердибаев Кайырбекке телевизор, Нуржанов Эгамбергенге холодильник, сондай-ақ, түрли азық-аўқатлық өнимлер тапсырылды. буннан тысқары, олардың турақ жайларын оңлаў, үйлерин шиферлап бериў, имарат тиклеўине де жәрдем бериў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Барлық әмелге асырылып атырған жумыслардан гөзленген тийкарғы мақсет – инсанлардың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың жасаў шараятын жақсылаў болып табылады.
Елимизде ҳәр бир инсан итибарда, ал, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў болса жуўапкерлердиң мойнына жүклетилген әдиўли ўазыйпа есапланады ҳәм усы мақсеттеги жумыслар еледе даўам етери анық.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети