Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығы кең түрде белгиленеди
1412
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына тийкар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тәжетдинович Ерниязовтың 75 жыллығын кең түрде белгилеў ҳаққында» қарары қабыл етти.
Қарарға муўапық, 2022-жыл декабрь айының екинши он күнлигинде Нөкис қаласында, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимиздиң раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен белгили жәмийетлик искер Муса Тәжетдинович Ерниязовтың туўылғанына 75 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткериледи.
Сондай-ақ, Муса Тәжетдинович Ерниязовтың өмири ҳәм социаллық-сиясий искерлиги ҳаққында ҳүжжетли фильм жаратылады, өмири ҳәм жумысына арналған китап-альбом баспадан шығарылады.
Нөкис қаласы “Жеке терек” мәҳәллесиндеги Муса Тәжетдинович Ерниязовтың жасаған шаңарақта естелик тахтасы орнатыў белгиленген.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети