Бүгинги күнде халқымыздың турмыс шараятларын жақсылаў, олардың машқалаларын ҳәр тәреплеме үйрениў ҳәм унамлы шешим таптырыў бойынша барлық имканиятлар иске салынып, халық ийгилиги жолындағы жумыслар даўам еттирилмекте. Усы жылдың 2-декабрь Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық министрлик, басқарма ҳәм тараў басшылары, районлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасыўында өткерилген мәжилисте ўазыйпалар белгилеп алынып, секторлар кесиминде республика мәкемелери ҳәм район шөлкемлеринен жуўапкерлер исши топарлар дүзилген ҳалда бириктирилген еди. Усы тийкарда, Хожели районы пуқаралары менен жақыннан сәўбетлесиў, олардың тилек ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитети баслығы З.Реймова, Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашевлар үйме-үй жүрип пуқаралар менен ушыраспақта.
Мәселен, Хожели районы Саманкөл АПЖ, Таған аўылы турғыны пуқара З.Иматованың мүрәжаты тийкарында еки келини ҳәм өзи, соның менен бирге басқада тигиўшилик пенен шуғылланыўды қәлеўши ҳаял-қызлар ушын аймақтағы 36-санлы мектеп имаратының бос турған ханасы ажыратылып, заманагөй “SINGER M 1505” маркалы 10 дана тигиў машинасы менен тәмийинленди.
Соның менен бирге, Саманкөл АПЖ «Таған» аўылы турғыны Таганова Хурлиман мүрәжат етип, мобиль дүкан менен тәмйинленсе, азық-аўқат ҳәм хожалық буйымлары саўдасы менен шуғылланып, дәрамат табыў нийети бар екенлигин билдирди. Бул мүрәжат та унамлы шешилип, 36-санлы мектеп жанына мобиль саўда дүканы жайластырып берилип, пайдаланыўға тапсырылды. Әлбетте, ҳәр бир билдирилген мүрәжат итибарға алынып, пуқаралар турмысында ушырасып атырған машқалаларға унамлы шешим табыў жумыслары турақлы түрде алып барылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети