Қурылыс жумыслары сенаторлар қадағалаўында
1133
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың район аймақларында мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм берилген тапсырмаларды қадағалап барыў бағдарында Жоқарғы Кеңес депутатларына берген тапсырмасы бойынша 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен сайланған Жоқарғы Кеңес депутаты, сенатор Улуғбек Жалменов Шоманай районы «Қарабайлы» МПЖ аймағындағы 32-санлы мектептиң 220 орынлы жаңа оқыў имараты ҳәм спорт залы қурылысының барысы менен танысты.
Сенатор «Qaraqalpaq windows» ЖШЖ қурылысшылары менен саўбетлесип, қурылыс жумысларын үйрениў даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў, қурылыс жумысларын сапалы етип орынлаў бойынша тапсырмалар берди. Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес депутаты қурылыс жумыслары Жоқарғы Кеңес Баслығының ҳәм депутатлардың турақлы қадағалаўында екенлигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети